АҚШтыӊ бес мәртебе “Еӊ жақсы докторы” деп тән алынған, жүдә жетик алым сыпатында оныӊ даӊқы дүнья жүзиниӊ барлық мәмлекетлерине кеӊ тарқалған, медицина илимлериниң докторы, профессор Жолдас Қулжанов ҳаққында билесиз бе? Әлбетте Сизлер Жолдас ҳаққында еситкен болыўыңыз мүмкин, бирақ оның медицинаның қайсы қәнигеси екенлигин билмесеӊиз керек. Жолдас Қулжанов 1948-жылы Кегейли районының 8-аӯылында туӯылды.