Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Британия Кеңесиниң Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте Уллы Британияның жоқары билимлендириўинде басқарыў ҳәм лидерлик мәселелери менен шуғылланыўшы Advance HE шөлкеми бас атқарыўшысы директоры Алисон Жонс ҳәм эксперт Джо Шафферлар қатнасында Бас илимий- методикалық орайда жоқары билимлендириў мәкемелеринде хызмет етип атырған басшы ҳаял-қызлар кадрлары ушын «Жоқары билимлендириў тараўындағы басшы ҳаял-қызлардың лидерлик қәбилетин раўажландырыў» атамасында семинар-тренинг өткерилди.
Семинар-тренинг даўамында жоқары билимлендириўде лидерлик мәселелери, билимлендириў тараўындағы ҳаял-қызларда лидерлик көнликпелерди раўажландырыўдың өзине тән тәреплери, заманагөй басқарыў модельлери бойынша Алисон Жонс ҳәм Джо Шафферлар қатнасындағы шеберлик сабақлары, интерактив пикир алысыў, сондай-ақ, Уллы британиялы қәнигелер менен он-лайн форумлар болып өтти.
Интернет материаллары
Тийкарында таярланды.