- 238
Нөкис қаласындағы жол кесилиспелериндеги бақлаў үскенелери усы жылдыӊ октябрь айынан баслап иске түседи. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы мәлимлеме хызмети хабар берди.
Бақлаў камералары 4 жағдайды жазып алады:
- оқ (ақ) сызықты басқанды;
- жолдыӊ ортасында турып қалғанды;
- қарама-қарсы тәрепке шығып кеткенди;
- светофорда қызыл жанғанда өтип кеткенди.
Бул дизимге кейин ала қәўипсизлик белбеўин тағыў және басқа да қағыйдалар енгизиледи.